2026-жыл 11-июнь күни Нөкис қаласындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде, мектеп питкериўшилери ушын Орайлық Азияда бирден-бир билимлендириў орны есапланған, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Фелерациясиниң Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар Академиясы искерлигин үғит-нәсиятлаў илажи, соның менен бирге «Жаслар күни» шеңберинде жасларға бизнес режелерди дүзиў, грант ҳәм инвестицияларды тартыў мүмкиншиликлери бойынша әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Илаж Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен мектеп питкериўшилерин алдағы тәлим бағдарларын таңлаўда қоллап-қуўатлаў, олардың мийнет ҳуқықый саўатлылығын асырыў ҳәмде исбилерменликке қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Онда Академияның хызметкерлер бөлими баслығы Х.Базарбоев, Федерацияның Қарақалпақстан Кеңес баслығының жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Алиев ҳәм Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бас қәнигеси С.Ержановалар қатнасты.
Илаж даўамында қатнасыўшыларға Академияда жаратылған тәлим мүмкиншиликлери, қабыллаў процесслери, қәнигелик бағдарлары ҳәм де питкериўшилер ушын алдағы перспективалар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.
Соның менен бирге, жасларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде безнес режелерди дүзиў бойынша әмелий түсиниклер алып барылды. Ушырасыў қатнасыўшыларына бизнес идеяны қәлиплестириў, оны жойбарлаў, финанслық есап-китапларды әмелге асырыў ҳәм өз искерлигин жолға қойыўдың дәслепки басқышлары ҳаққында усыныслар берилди.
Илаж ашық пикирлесиў формасында өткерилип, питкериўшилер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды. Бундай ушырасыўлар жаслардың саналы кәсип таңлаўы, мүнәсип мийнетке таярлығы ҳәм де келешектеги жеке ҳәм кәсиплик раўажланыўларына хызмет етеди.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: