“Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” спорт жарысы өткерилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 11-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамына бағышлап кәсиплик аўқамлары хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түринен “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” спорт жарысы өткерилди.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.

Күн даўамында спорт жарысы қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықланды.

Бунда: “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” ушын өткерилген спорт жарысында 3-орынды Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў тараўлық командасы, 2-орынды Мәденият, спорт ҳәм туризм тараўлық командасы, 1-орынды Билимлендириў ҳәм илим тараўлық командалары жеңимпаз деп табылды.

Командалық есапта жеңимпаз болған Билимлендириў ҳәм илим тараўлық командасына “Кәсиплик аўқамы кубоги” ҳәмде түрли номинациялар бойынша, соның менен бирге, жеңимпаз командаларға дипломлар ҳәм саўғалар тапсырылды.