2024-жыл 1-ноябрь күни Нөкис мǝмлекетлик педагогика институты мǝжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенат ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы Жалменов Улыкбек Абылаевичтиң жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Онда кәрхәна ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған жас қәнигелер ҳәм кәсиплик аўқамы белсендилери, сондай-ақ студент жаслар қатнасты.
11-ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамы қарсаңында шөлкемлестирилген бул иләжде жасларға елимизде демократик принциплер, Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў барысында арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмәәтшилик додалаўы нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, сондай-ақ пуқаралар, әсиресе, жаслардың ҳуқықый саўатханлығын ҳәм мәдениятын асырыў, социаллық белсендилигин асырыў барысында алып барылып атырылған жумыслар ҳаққында кеңирек мағлыўматлар берилди.
Иләжда усы жөнелистеги жумыслар менен бирге бүгинги күнде кәсиплик аўқамлары системасын жеделлестириў барысында әмелге асырылып атырылған жумыслар, бул арқалы мийнет кодекси, жәмәәтлик шәртнамалар ҳәм келисимлерге киритилген өзгерислер ҳәмде қосымшалар ҳаққындада сөзлер болды.
Бунда айтып өтилгениндей, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары кеңеси 318 218 кәсиплик аўқамы ағзаларын бирлестирген болып, соннан 30 жастан аспаған жаслар саны 107 530 ағзалар қурайды. (33,7%) Соннан 39 069 ағзалар жас мийнеткешлер болса, 68 461 ағза студент жаслардан ибәрат.
Жәмәәтлик шәртнамалар арқалы усы жылдың өзинде кәрҳәңа ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқамлары ҳәмде жумыс бериўшилер қаржылары есабынан:
2 жастан 3 жасқа шекем бала тарбиясында мийнет дем алысында болған 360 жас аналарға 145,2 млн. сўм материаллық жәрдем;
Тараўлық кәрҳәналарында кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан 2614 шаңарақлардың перзентлери ушын оқыў қураллары, сабақлықлар ушын қәрежетлери қысман қаплаў ушын 299,5 млн. сўм;
3340 кем тǝмийинленген жас шаңарақлар ўǝкиллерине 1 млрд 559 млн.сўм материаллық жәрдем;
79 жоқарғы оқыў орынларында оқып атырған қәбилетли, кем тәмийинленген ҳәм шын жетим студентлерге 327,3 млн.сўм оқыў шәртнама пуллары қысман төлеп берилди;
38 жас шаңарақларға үй-жай қурылысы ҳәм мәмлекетимизде ислеп шығарылган, узақ мүддет пайдаланатуғын товарларды сатып алыў ушын 203,7 млн.сўм пайызсыз ссуда ажыратылды;
37 жас мийнеткешлерге әскерий хызметке шақырылыўы мүнәсибети менен 158,8 млн.сўм пайызсыз ссудалар ажыратылыўына ерисилди.
Иләж шеңберинде тәлим алыў менен бирге, жәмәәтшилик жумысларға мүнәсип үлес қосып киятырған, ҳәр тәреплеме үлгили ҳәмде қәбилетли, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардан болған ҳәм физикалык имканияты шекленген студентлер кәсиплик аўқамлары стипендиясы ҳәм санаторийға бийпул жолламалар менен хошаметленди.
Солар қатарында бир неше жас мийнеткешлерге қәсиплик аўқамлары кеңеси “Ҳүрмет жарлық”лары тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: