Спорт жарысы өткерилди

«11-ноябрь Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен басқарма хызметкерлери арасында спорттың мини футбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының көшпели кубоги жарысы өткерилди.

Жарыста басқарма районлық бөлимлеринен жәми 17 командада 157 хызметкер қатнасты.

Қатнасыўшылар өзлериниң спортқа болған қызығыўшылығын, шеберлигин көрсетти.

Өткерилген жарыста командалар арасында жақсы нәтийжелерди көрсеткен Мойнақ районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 13-санлы Қәнигелестирилген өрттен қутқарыў бөлими 1-орын, Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 7-санлы Қәнигелестирилген өрттен қутқарыў бөлими 2-орынды Шымбай районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 21-санлы Қәнигелестирилген өрттен қутқарыў бөлими 3-орынды иеледи.

Жарыс жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары ҳәм кубок тапсырылды.