Медицина мәкемелери хызметкерлериниӊ физикалық белсендилигин асырыў, денсаўлықларын беккемлеў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардыӊ нәтийжелилигин және де асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамыныӊ Қарақалпақстан Республикасы кеӊесиниӊ қоспа қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медициналық реабилитация орайында медицина мәкемелери хызметкерлери арасында спорттың киши футбол, шашка, шахмат, стол тенниси түрлери бойынша спартакиада жарысыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Жарыс жуўмағында спорттың киши футбол түринен I орынды Шымбай районлық медицина бирлеспеси, II орынды Кегейли районлық медицина бирлеспеси, III орынды Шоманай районлық медицина бирлеспеси командалары ийеледи.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен тийисли дәрежедеги диплом, медаль ҳәм де баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Спартакиада жарысыныӊ ҳәр бир спорт түри бойынша жеӊимпазлары Ташкент қаласында өткерилетуғын финал басқышында қатнасыў жолламасын қолға киритти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: