2021-жыл 2-декабрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәм Қорғаныў министрлигиниң көрсетпеси бойынша 21131 әскерий бөлим оқыў орайында Нөкис әскерий горнизоны жумысшы хызметкерлери ҳәмде әскерий пенсионерлер қатнасында семинар болып өтти. Семинарда Мәмлекетлик мәкемелер хәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары Муслима Атамуратова, бас есапшы Гулбазар Елмуратова, соның менен бирге округ медицина хызмети баслығы подполковник Қ.Машарипов, ШҒҲО Кекселер жумыслары бойынша Кенеси баслығы орынбасары резервтеги сержант Б.Қанназаровлар қатнасты.
Семинарда ШГХО кекселер ислери бойынша Кеңес баслығы резервтеги подполковник А Юсупов сөзге шығып Қорғаныў министрлиги қурамында мийнетти қорғаў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының орны ҳаққында айтып, жақынлап киятырған 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конситутциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы менен қутлықлады.
Семинар даўамында Мәмлекетлик мәкемелер хәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси Атамуратова Муслима сөзге шығып кәсиплик аўқамларының функция ва ўазыйпаларын ҳаққында семинар қатнасыўшыларына кең тусиник берип өтип хызметкерлерди кәсиплик аўқамларына ағза болыўға шақырды. Сөз жуўмақларында қанасыўшыларды 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конситутциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы менен қутлықлады.
Семинар қатнасыўшылары тәрепинен берилген барлық сораўларға жуўаплар берилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: