Дүньяжүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми 1948-жыл 7-апрель күни шөлкемлестирилген. Усы сәне Дүньяжүзлик саламатлық күни сыпатында пүткил дүньяда байрам қылынады, түрли акция ҳәм илажлар өткериледи. Соның менен бирге, елимизде кең халық қатламын қамтып алыўшы киши марафон, спорт жарыслары шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026 жылларға арналған Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстaн кәсиплик aўқaмлaры Федерaциясиниң Қарақалпақстан Кеңесиниң 2024-жылға мөлшерленген ис-илажлар бағдарламасына муўапық «7-апрель – Дүньяжүзлик саламатлық күни» мүнәсибети менен жүриў марафоны өткерилди.
Жүриў марафоны Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи әтрапында кең майданда шөлкемлестирилип онда кәрхәна ҳәм шөлкемлерде ислеп атырған 2000 нан аслам жаслар белсене қатнасты. Марафон соңында қатнасыўшылар азанғы дене шынығыўларын биргеликте әмелге асырды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: