Жазғы мəўсим жуўмақланыўы мүнәсибети менен «Ақ кеме» дем алыў орайында жабылыў фестивали болып өтти. Усы илажда дем алыўшы балалар ҳəм балалардың жазғы дем алысларының қызықлы ҳəм мазмунлы өтиўин тəмийинлеген 11 дем алыў орайының барлық хызметкерлери қатнасты ҳәм хошаметленди.
Фестивалда Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы, сенатор Улықбек Жалменов, Балалардың дем алыўын ҳəм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасы баслығы Сатбай Отеўлиев, район ҳəкими Бахтияр Менглибеков ҳəм басқалар сөзге шығып, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Ғəрезсизлигиниң 33 жылык байрамы ҳəм мəўсимниң шырайлы жуўмағы менен қутлықлап өтти.
Илажда бәрше орайлардың директорлары, жетекшилери, тәрбияшылары, тийисли министрлик, басқарма жуўапкерлери, ғалаба хабар қурал ўәкиллери, сондай-ақ, балалар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Мəўсим даўамында барлық дем алыў орайларының хызметкерлери өзлериниң жоқары мийнетлери ҳəм пидакерлик жумыслары менен балажанлардың дем алысларын жарқын, терең мазмунлы ҳəм қәўипсиз өткериўге үлес қосты.
Дем алыў орайларда балалар тек ғана дем алып қоймастан, өз талантларын көрсетиў имканиятларынан пайдаланыў, жаңа билимлер алыў ҳəм жаңа дослар арттырыўлары ушын əжайып мүмкиншиликлер жаратылды. Усы мəўсим даўамында балаларға қызықлы ҳәм пайдалы мастер класс сабақлары, билимлер белессиўлери, пән олимпиада ҳәм спорт жарыслары, сндай-ақ, түрли мəдений илажлар өткерилип барылды. Барлық мийнетсүйер педагог тәрбияшылар ҳәм жетекшилер перзентлеримиздиң жазғы дем алысларын жарқын ҳəм ядта қаларлықтай өтиўинде аянбай мийнет етти.
Илаж даўамында 11 дем алыў орайларының барлық хызметкерлери пидайлық пенен мийнет көрсеткени ушын мүнәсип хошаметленип барылды. Ҳəр бир хызметкердиң мәўсим даўамында көрсеткен мийнети, жуўапкершилиги ҳəм белсендилиги ушын саўғалар ҳəм мақтаў жарлықлары менен марапатланды.
Илажда сөзге шыққанлар барлық хызметкерлерди бул мəўсимди табыслы жуўмақлағанлары ушын хошаметленди ҳəм олардың келешекте де балалар менен ислесиўде табыслар тиледи.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: