«Жаңа Өзбекстан — жаңа кәсиплик аўқамлары»: жаслар баслама ҳәм мийнетлери хошаметленди

Нөкис мәмлекет педагогика институтында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улыкбек Жалменовтың жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

11 ноябр — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсабети менен «Жаңа Өзбекстан — жаңа кәсиплик аўқамлары» ураны астында шөлкемлестирилген ушырасыўда 100 ден аслам жас хызметкер ҳәм студентлер қатнасты.

Ушырасыў ўақтында жаслардың басламалары ҳәм келешекке болған режелери тыңланды. Жаслардың мийнет искерлиги, кәсиплик раўажланыўы, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў мәселелерине бөлек итибар қаратылды.

Ушырасыўдың ең қуўанышлы сәтлеринде жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнет ҳәм де тәлимдеги ҳәрекетлерин хошаметлеў мақсетинде кәсиплик аўқамы стипендиясы ҳәм бийпул санатория жолланбасы сертификатлары тапсырылды.

Атап айтқанда, Нөкис мәмлекет педагогика институтының 4-басқыш студенти Қызылбаева Күмисай Сапарбай қызы кәсиплик аўқамы стипендияға ийе болды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университет студенти Мадреймов Мүнирбекке болса кәсиплик аўқамы қаржлары есабынан бийпул санатория жолланбасы сертификат тапсырылды.

Соның менен бирге, өзиниң белсендилиги ҳәм мийнетсүйгишлиги менен жәмәәтте ҳүрметке ерискен бир топар хошаметленди.

Бундай хошаметлер жаслар ушын тек ғана материаллық қоллап-қуўатлаў, бәлки олардың мийнети, умтылыўы ҳәм келешекке болған исенимине билдирилген жоқары итибар белгиси болды.

Ушырасыў жаслар ҳәм кәсиплик аўқамлары арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, жаңа идея ҳәм басламаларға кең жол ашыў ҳәм де жас әўладти мүнәсип мийнет және социаллық қорғаў руўхында қоллап-қуўатлаў жолында зәрүрли қәдем болды.