27-июнь — Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған илаж болып өтти

Өзбекстан кәсипик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде 27-июнь — Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан кәсипик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, Сенатор У.Жалменов сөзге шығып, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформаларды, елимиздеги социаллық-сиясий процесслерди, ерисилип атырған нәтийжели жумысларды халқымызға жеткизиў сондай-ақ жарытыўдағы машақатлы ҳәм дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеп кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәлимлеме тараўын реформалаў, сөз еркинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде халықтың ҳуқықый ҳәм сиясий билими артты, дүня қарасы кеңейди, әтирапта жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге мүнәсибети өзгерди, ғәрезсиз пуқаралық позициясы қәлиплести. Бул, өз-өзинен, ғалаба хабар қуралларының алдына жәмәәтшилик пикирин қәлиплестириў бойынша оғада әҳмийетли ҳәм актуал ўазыйпаларды қоймақта.

Илаж даўамында телевидение, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында мийнет етип атырған ҳәмде бирге ислесиўде нәтийжели жумыс алып барып атырған журналистлер мүнәсип сыйлықланды.

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ел-журт мәпи ҳәм Ўатанымыз потенциалын буннан-да жоқарыларға көтериў, жәмийетте жүз берип атырған әхмийетли өзгерислер, баслы идея ҳәм басламалардың мәнисин тезлик менен қалыс жарытыў жолындағы жуўапкершиликли жумыслары атап өтилген усы илажда тараў ўәкиллери де сөз алып, журналистлерге көрсетилип атырған жоқары итибар ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.