Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңесиниң – 2025-жыл “Қоршаған орталықты асырыў ҳәм “Жасыл” экономика жылы” мәмлекетлик дәстүриниң 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийнлеў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрамы мүнәсебети менен Нөкис қаласының алыс аймағы “Бес төбе” МПЖда жасласқан 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 75 кем тәмийинленген, көп балалы шаңарақлардың балаларына 14 атамадағы мектеп қураллары тарқатылып берилди.
Илажда қалалық бөлимше кеңеси баслығы М.Даулбаев қатнасып Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрамы ҳәм 2025-2026 таза оқыў жылының басланыўы мүнәсебети менен қызғын қутлықлады.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: