Усы жылдың 27-апрель күни, Әжинияз атындағы Нөкис педагогика институты имаратында 28-апрель «Пүткил дүнья жүзлик мийнетти қорғаў күни»не бағдарланған «Саламат психологик-социаллық жумыс орталығын тәмийинлейик» атамасы астында кең түрде ҳәм көтериңки тәризде ис-илажлар өткерилмекте.
Ис-илажлар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң басламасы менен өткерилип атырған болып, бул ис-илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм камбағаллықты қысқартырыў министрлиги, Бас шыпакерлик-социаллық экспертизасы, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, «Узбекинвест» экспорт-импорт қамсызландырыў компаниясы Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәмде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем хызметкерлери қатнасып атыр.
Ис-илажлардың ашылыўы, 2026-жыл 27-апрель күни басланды ҳәмде ис-илаж қатнасыўшылары мийнетти қорғаў барысында пайдаланылатуғын көргизбели қураллар менен танысып болған соң, Әжинияз атындағы Нөкис педагогика институты имаратыныӊ мәжилислер залында 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағдарланған дөгерек сәўбетине қатнаспақта.
Дөгерек сәўбетиниң мақсети, Саламат психологик-социаллық жумыс орталығын тәмийинлеў болып, саламат психологик-социаллық жумыс орталығы – жәмәәттеги мүнәсибетлер, жумыс шараяты ҳәм улыўма руўхый атмосфераныӊ жыйындысы болып табылады.
Ҳәзирги ўақытта қархана ҳәм шөлкемлер алдында үлкен ўазыйпалар турыпты. Бирақ итибарды қаратыў тийис болған жағдайлардан бири – ҳәр қандай жетискенлик артында инсан мийнети турады. Егер инсан өзин жумыс орнында бахытлы ҳәм еркин сезине алмаса, ол жоқары нәтийжелерге ерисе алмайды.
Егер жумыс орнында бәрше ушын унамлы орталық жаратылған болса, бул бир қатар нәтийлиликлерге алып келеди. Атап айтқанда, жумыс өнимдарлығы асады, хызметкерлер ортасында исеним беккемленеди, стресс ҳәм шаршаўлар кемейеди. Сондай-ақ, бундай орталық жаратыўшаӊлықты қошаметлейди ҳәм жаӊа идеалардыӊ пайда болыўына хызмет етеди.
Әлбетте, бундай орталық өз-өзинен пайда болмайды. Оны жаратыўда администрацияныӊ орны жүдә үлкен. Администрация әдил, ашық ҳәм қоллап-қуўатлаўшы болыўы лазым. Хызметкерлердиӊ пикирин тыӊлаўы, оларды қошаметлеў ҳәм машқалаларды өз ўақтында шешиў тийис.
Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Президиумының 2017-жыл 20-ноябрь күнги 8-108 “с” санлы қарарына тийкар, мийнет қорғаўы ҳәм қәўипсизлиги бойынша жәмәәтлик қадағалаўын шөлкемлестириў бойынша Республика көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болғанлар қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: