Судларға мүрәжат етиўде ашықлық ҳәм айдынлық

Пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларында беккемлеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлери қол қатылмас болып, ҳеш ким олардан судсыз айырыўға ямаса оларды шеклеўге ҳақылы емес. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаў әҳмийетли мәмлекетлик қорғаў институты болып, ол ғәрезсиз суд ҳәкимияты тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў арқалы тәмийинленеди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң 4-статьясына муўапық, мәпдар шахс, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда болса, прокурор, сондай-ақ, басқа шахслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға ўәкилликли айырым пуқаралар ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәкимшилик уйым қарарын ҳақыйқый емес ҳәм оның лаўазымлы шахсының ҳәрекетин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў ҳаққындағы арза (шағым) менен, егер бул қарар, ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) себепли оның ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплери бузылған, ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин әмелге асырыўда тосқынлық жаратылған, оған нызамға қайшы түрде қандай да бир миннетлеме жүкленген ҳәм ол яки бул тараўдағы жумысын әмелге асырыў ушын басқа тосқынлық жаратылған деп есапласа, судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.

Суд арқалы қорғаў ҳуқықын биринши инстанция судында ис қозғаў ушын нызамда нәзерде тутылған шәртлерге бойсынған ҳалда әмелге асырыў мүмкин. Усы шәртлерге әмел етпеў суд тәрепинен мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм көрип шығыўды бийкарлаў ушын тийкар болады.

Судқа мүрәжатлар форма ҳәм мазмуны жағынан процессуал нызамлар менен оларға қойылған талапларға (физикалық шахстың фамилиясы, аты, әкесиниң аты, жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар ямаса юридикалық шахстың аты ҳәм жайласқан орны ҳаққындағы мағлыўматлар, берилген мүрәжат бойынша ҳуқықый қатнасықтың мәниси, мүрәжат ҳәм қойылып атырған талап ямаса өтиништиң мәниси, мүрәжат сәнеси, мүрәжат етиўшиниң қолы) сәйкес болыўы керек. Мүрәжатлар судқа электрон ҳүжжет түринде де жиберилиўи мүмкин.

Кейинги жылларда судлардың жумысына заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылған илажлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлерине өз ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўди еркинлестириў, улыўма әдил судлаўға ерисиўди арттырыў және судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў имканиятын берди.

«Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 140-санлы Президент пәрманы судлардың жумысын санластырыў процесслерин буннан былай да жеделлестириў, электрон әдил судлаўды раўажландырыў, әдил судлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, инсан факторын шеклеў арқалы түрли иллетлердиң алдын алыў, ең әҳмийетлиси, халықтың судқа болған исенимин буннан былай да беккемлеў, судлар, адвокатлар ҳәм тәреплер арасындағы қарым-қатнастың бирден-бир санлы платформасын жаратыў, миллий системаларды халықаралық стандартлар менен интеграциялаў сыяқлы стратегиялық бағдарды белгилеп берди.

Буннан тысқары, «Санлы суд» концепциясын басқышпа-басқыш әмелге асырыў нәзерде тутылғаны айрықша итибарға ылайық. Онда судқа арза бериўден алдын жасалма интеллект жәрдеминде суд додалаўының шама менен нәтийжеси ҳәм жумсалатуғын қәрежетлерди қәлиплестириў, мүрәжатларды электрон түрде жибериў, исте қатнасыўшы шахслар суд имаратына бармастан турып процессте аралықтан қатнасыўы, тәреплерге иске байланыслы барлық материаллар менен электрон түрде танысыў имканиятын жаратыў, сондай-ақ, орынлаў хатларын автоматикалық түрде орынлаўға жибериў, жасалма интеллект жәрдеминде суд мәжилислери протоколларын реал ўақыт режиминде текст түринде таярлаў ҳәм суд ҳүжжетлери жойбарларын автоматикалық түрде қәлиплестириў ўазыйпалары белгиленди. сондай-ақ, орынлаў хатларын автоматик түрде орынлаўға жибериў, жасалма интеллект жәрдеминде суд мәжилислери протоколларын реал ўақыт режиминде текст түринде таярлаў ҳәм суд ҳүжжетлери жойбарларын автомат түрде қәлиплестириў ўазыйпалары белгиленди.

Сондай-ақ, суд ислерине байланыслы көплеген ҳүжжетлерди қысқа ўақытта үйрениў, әҳмиетли мағлыўматларды сайлап алыў арқалы судьялардың жумыс жүклемесин жеңиллетиўде, нызам нормальары ҳәм суд әмелиятын үйрениў, көрип шығылып атырған ислерди бурын көрилген ислер менен улыўмалық ямаса уқсаслығын анықлаў, оларды салыстырыўда жасалма интеллект шексиз имканиятлар бермекте.

Суд системасында енгизилген интерактив электрон хызметлер инсан ресурсын кескин азайтып, арзаларды онлайн тапсырыў, жумыс жүргизиўди аралықтан бақлаў ҳәм электрон қарарлар коррупция қәўпин азайтыўдың ең нәтийжели усылларына айланды. Инсан факторы азайса, коррупция да азаяды, бул дегени енди судқа мүрәжат етиў ушын артықша әўерегершилик, дәлдалшылар ямаса рәсмий емес қатнасықлар талап етилмейди. Интерактив хызметлер арқалы арза онлайн тапсырылады, истиң ҳәрекети реал ўақытта бақланады, қарарлар электрон түрде алынады. Бул болса ашық-айдынлықты арттырады ҳәм коррупция ушын шараятты жоқ етеди.

Бул реформалар нәтийжесинде әмелге асырылып атырған жумыслар суд системасындағы машқала ҳәм кемшиликлерди, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға, тәреплерге судта тең имканиятлар дәрежесинде қатнасыў ўәкиллигин тәмийинлеўге, инвесторлардың ҳуқықларының исенимли суд қорғаўында болыўына ерисиўге, сондай-ақ, суд уйымларының әмелдеги структурасын заман талаплары ҳәм халықаралық стандартларға муўапықластырыўға, ашықлық ҳәм айдынлыққа хызмет қылады.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судья аға жәрдемшиси:

С.Абдикаримова