1-июнь халықаралық балаларды қорғаў куни байрамы мүнәсебети менен «Меҳр ҳәм итибар- ҳәр бир бала ушын» сүрени астында Нөкис қаласындағы Имкан реабилитация орайына ийе болған көп тармақлы қәнийгелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 26-санлы көп тармақлы қәнийгелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Қутлымуратова Диляфуз Султамуратовна қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.
Өз нәўбетинде жаратылып атырған бундай шараятлар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, озық ойлы болып камалға келиўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Қарақалпақстан Қеңеси баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: