2024-жылдың 21-август күни Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы мүнәсибети менен Республикалық емлеў профилактикалық мәкемелери хызметкерлери арасында спорттың волейбол, спорт тенниси, шашка ҳәм шахмат түрлери бойынша Спартакиада жарыслары өткерилди.
Жарыс жуўмағында 1-санлы Республикалық руҳый ҳәм неврологиялық кеселликлер диспансери I-орынды, Республикалық оба профилактикасы Орайы Қарақалпақстан филиали II-орынды ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы III-орынды III-орынды ийелеўге еристи.
Жарыс жеңимпазларына Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң дипломы, жарыс кубоги, медальлары ҳәм де баҳалы саўғалары, сондай-ақ «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең жасы киши қатнасыўшы», «Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы», «Жеңиске болған умтылысы ушын» номинациялары бойынша анықланған жеңимпазларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы рәўиште тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: