Қысқы дем алыста балалар ушын дем алыў орайы дүзилди

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметимиз қарарлары тийкарында, Балалардың дем алыўын ҳəм саўлландырыўын шөлкемлестириў департаментине қараслы Мойнақ районындағы “Ақ кеме” балалар саўаллардырыў орайы оқыўшылардың қысқы дем алыс ўақтында өз есиклерин ашып, өзине 158 балаларды қамтып алды. Бунда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси қоллап-қуўатланыўында Кеңестиң түрли тараў, комитет, бирлеспелеринен кәсиплик аўқамлары ағзаларының перзентлери жиберилген болса, буннан тысқары коммерциялық жолламалар реализация қылынып, қәлеўши пуқаралардың перзентлери жиберлиўи тәмийинленди.

Балалар заманагөй автобусларда шыпакер, мийрбийке ҳəм жуўапкер гүзетшилер гүзетиўинде қәўипсиз түрде дем алыў орайына жеткизилди. «Ақ кеме» дем алыў орайы жəмəəти оларды байрамға сай тəризде күтип алып, бөлмелерге жайластырды.

Дем алыў орайында балалар ушын 7 күн даўамында түрли қызықлы мәдений ағартыў иләжлары, интеллектуал ойынлар ҳəм спорт иләжлары өткериледи. Бул иләжлер балалардың хәр тəреплеме раўажланыўына жəрдем береди.

«Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайына Қарақалпақстанның дерли бәрше районларынан балалар қамтылған.