2025-жыл 20-май күни Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы Л.Байбосынова, Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы Р.Мишенова ҳәм Республикалық емлеў профилактика мәкемелери баслықлары қатнасыўында «Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында “Жылдың ең жақсы саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятлаўшысы” номинациясы бойынша I орынды ийелеген Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси бас мийирбийкеси Л.Янгибаева “Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў ағласы” көкирек нышаны ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң баҳалы саўғасы, плакетка ҳәм де шийшели сувенири, таңлаўдың “Жылдың ең жақсы шаншыў ҳәм емлеў мийирбийкеси” номинациясы бойынша II орынды ийелеген У.Халмуратов атындағы көп тармақлы медицина бирлеспеси орайы мәсләҳәт поликлиникасы мийирбийкеси Г.Қаллибекова, таңлаўдың «Жылдың ең жақсы үлкен мийирбийкеси» номинациясы бойынша III орынды ийелеген Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Карақалпақстан филиалы радиотерапия бөлими үлкен мийирбийкеси Э.Жақсымуратова ҳәм де тараў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған мийирбийкелердиң 7-10 жас аралығындағы перзентлериниң қатнасыўында өткерилген «Мениң анам мийирбийке» сүўрет салыў таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазы Қоңырат районлық медицина бирлеспеси айрықша жағдайлар бөлими мийирбийкеси Ҳ.Оразбаеваның перзенти Ш.Есенбаевлар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Уқсас жаңалықлар
Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илаж
12.05.2022 20:09:48
7854
Есабат сайлаўлардың мазмун мәнисине бағышланды
22.01.2025 15:41:30
890
Мийнет ветеранлары менен ушырасыў
27.12.2024 09:29:08
2092
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: