Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты мәжилислер залында Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси интаси менен Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы тараўындағы кәрхана ҳәм шөлкемлериниң кәсиплик аўқамлары белсендилери ушын оқыў семинары болып өтти.
Онда, Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслық орынбасары Ғ.Я.Сафаров, республика кеңесиниң мийнет инспекциясы баслығы-бас мийнет инспекторы А.Б.Мусулманов, Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Е.Сейтназаров қатнасты.
Семинар даўамында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының 2023-жыл 17-июль күнги 10-1-санлы Атқарыў комитети қарарының орынланыўы бойынша белгиленген ўазыйпалар, социаллық қорғаў, соннан жәмәәтлик келисимлери ҳәмде шәртнамаларда белгиленген тәртипте рәсмийлестириў бойынша район ҳәм қала кеңеслери ҳәмде басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлеринде жол қойылған кемшиликлер, ис бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнетке байланыслы мүнәсебетлер, мийнетти қорғаў илажларын шөлкемлестириў, орынларда қолайлы шәраятларды жаратыў ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыўда кәсиплик аўқамларының ўазыйпалары, тараўға тийисли машқалалар ҳәм олардың шешими барысында пикир алмасылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: