Дөретиўшилик ушырасыў

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының «Ишонч» ҳәм «Ишонч-Доверие» газеталары редакциясы тәрепинен 2024-жылы 16-октябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында жергиликли баспа сөз редакторлары, журналистлер, кәсиплик аўқамлары хызметкерлери, белсенделери ҳәмде ықласбентлер менен ашық-айдын пикирлесиў тәрезинде «Ишонч» ҳәм «Ишонч-Доверие» газеталарының Қарақалпақстан Республикасындағы күнлери» дөретиўшилик ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўды ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қаракалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары М.Данияров кирис сөз бенен ашып, өз сөзинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының «Ишонч» ҳәм Ишонч-Доверие» газеталарының елимиз ғәрезсизлиги менен теңлес екенлигин, усы дәўирлер ишинде елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, үлкен жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен пикир алысыўына, кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң раўажланыўына, кәсиплик аўқамлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмәәтшиликке жеткериўде салмақлы үлес қосып киятырғанлығына тоқтап өтти.

Ушырасыўда «Ишонч» газетасының редакторы орынбасары Анвар Қулмуродов ҳәмде бўлим муҳаррири Салим Абдураҳмоновлар сөзге шығып, кейинги жылларда елимиздеги өзгерислер, әмелге асырылған жумыслар ҳәм қолға киргизген табыслар, алдымызға қойған мақсетлер ҳаққында, сондай-ақ Өзбекстан кәсиплик аўқамларындағы өзгерислер, “Ишонч” газетасының басып өткен жолы, тарыйхы ҳәмде елимизде мәмлекетимиз тәрепинен ғалаба хабар қуралларына үлкен дыққат ажратылғанлығы, журналистлик этикаси, редколлегия ағзаларының алдында турған ўазыйпалар ҳәмде 2025-жылға «Ишонч» газетасына жазылыў бойынша тәртип ҳәм қағыйдалары ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Ушырасыўда дөретиўшилик шегинислер болып, дискуссиялық түрде өткерилди, қатнасыўшылар тәрепинен келешекте газета еледе қызықлы, ғалабалығын тәмийинлеўге қаратылған усыныс пикирлерин билдирди ҳәм баянатшыларға сораўлар берип, тийисли жуўаплар алды.

Илажда аймақлық газеталарының бас редакторлары, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының ҳәмде кең жәмәәтшилик ўәкиллери ҳәм кәсиплик аўқамларының белсендилери қатнасты.