Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесинде «Ишонч күнлери» шеңберинде дослық руўхындағы дөретиўшилик ушырасыўы болып өтти. Онда «Ishonch.uz» сайтының координаторы, тәжирийбели журналист А.Абдураҳмонов ҳәм «Ишонч» газетасының координаторы Д.Худайберганова қатнасты.
Илажды Кеңес баслығының орынбасары М.Данияров алып барды. Ушырасыў ўақтында «Ишонч» газетасы бетлеринде жарытылып атырған әҳмийетли мақалалар, мийнеткешлердиң мәплерин қорғаўдағы белсендилик ҳәм халыққа жақын усыл ҳаққында пикир алысылды.
Айтып өтиў орынлы, «Ишонч» басылымы өзиниң халықшыллығы, мақалалардың ҳәр қыйлылығы менен оқыўшылардың меҳирине ериспекте. Сондай-ақ, рус тилинде басып шығарылатуғын «Доверие» газетасы да өз аудиториясына ийе болып, ҳәр қыйлы тараўларды қамтып алған мақалалары менен қызығыўшылық оятпақта. «Ўатан» журналында болса миллий қәдириятлар, тарийх ҳәм бүгинги күнди сәўлелендиретуғын материаллар айрықша орын ийелейди.
– Қарақалпақ халқының кеңпейиллиги ҳәм әййемги қәдириятларға садықлығы мени таң қалдырды, – дейди Д.Худайберганова.
Ушырасыў қатнасыўшылары да өз пикирлерин билдирип, «Ишонч» газетасының социаллық тәсири ҳаққында айрықша тоқтап өтти. Олардан бири, А.Аллияров былай дейди:
– Жумыстан кейин “Ишонч” газетасын оқыйман. Әсиресе, “Исеним телефоны” ҳәм “Кәсиплик аўқамы араласқаннан соң…” рубрикаларындағы мақалалар арқалы халықтың дәрти, мүрәжатларына шешимлер берилмекте. Бул болса газетаның кәсиплик аўқамлары менен биргеликте жумыс алып барып атырғанын көрсетеди.
Дослық руўхында өткен дөретиўшилик ушырасыўы даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, пикир-усыныслар билдирилди ҳәм келешектеги бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: