Жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы көрип шығылды

Нөкис қаласындағы республикалық Жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының 2022-2024-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2022-жылда орынланыўы бойынша есабат конференциясы болып өтти.

Оған басқарма басшылары, хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Р.Мадреймов басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы басланғыш кәсиплик аўқам комитети баслығы И.Қосыбаевтың басқарма менен кәсиплик аўқам комитети арасында 2022-2024-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2022-жылда орынланыўы бойынша есабаты тыңланды.

Соңынан басланғыш кәсиплик аўқам комитетиниң қадағалаў комиссиясы ағзасы М.Сейтмуратова комиссия тәрепинен исленген жумыслар бойынша баянат жасап, басланғыш кәсиплик аўқам комитетиниң жумысына қанаатландырарлы деген баҳа берди.

Илажда сондай-ақ, пенсия жасына келген бир қатар хызметкерлер ҳәм тараў пидайыларына Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы басланғыш кәсиплик аўқам комитетиниң миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Конференция соңында илаж қатнасыўшыларына мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.