Өзбекстан Исбилерменлик,бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тараў дизиминдеги басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлеринде ислеўши хызметкерлер арасында спорттың киши футбол түри бойынша спорт жарысы шөлкемлестирилди.
“Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы” мүнәсебети менен өткерилген спорт жарысында Төрткүл, Нөкис, Хожели, Тақыятас районлары ҳәм Нөкис қаласы абаданластырыў басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Тоза-ҳудуд МУК, Абаданластырыў Департаменти, Нөкис қаласы 1 ҳәм 2 санлы Политехникумынан жәми 9 команда қатнасты.
Кескин гүреслерге бай болған спорт жарысында Төрткүл район абаданластырыў басқармасы 1-орын, Хожели район абаданластырыў басқармасы 2-орын, Тақыятас район абаданластырыў басқармасы 3-орынды ийеледи.
Спорт жарысы жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: