Кеңеси Кубогы жарасы өткерилди

11-ноябрь – “Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен хызметкерлер арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды спортқа кең түрде тартыў арқалы саламат түрмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақалаў министрлиги, Қарақалпақстан футбол Ассоциациясы менен биргеликте 2021-жыл 6-ноябрь күни хызметкерлер арасында Нөкис қалалық 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби базасында спорттың киши футбол түри бойынша «Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Кубогы» жарысы өткерилди.

Кубок жарысына қала ҳәм районлардан жәми 18 команда, 144 хызметкер қатнасты.

Жарыс жуўмағы бойынша 3-орынды Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының командасы, 2-орынды Қоңырат районлық медицина бирлеспеси командасы, 1-орынды ҳәм де «Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кубогы»н Қараөзек районлық медицина бирлеспеси командасы жеңип алды.

Кубок жарысының 1-,2-,3-орын жеңимпазлары Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен тийисли дәрежедеги кубоклар, медальлар, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен, соның менен бирге жарысқа белсене қатнасқан бәрше командалар ҳәм де «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең жақсы ҳүжимши», «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең жас қатнасыўшы», «Ең жақсы ойыншы», «Ең жақсы қорғаўшы» номинациялар бойынша жеңимпазлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.