Ҳаяллар дәптери”ниң 5-басқышында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша гезектеги жыйналысы болып өтти

13-сентябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде “Ҳаяллар дәптери”ниң 5-басқышында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша видеоконференция жыйналысы болып өтти. Усы видеоконференцияда барлық район ҳәм қала “Ҳаяллар дәптери” бойынша жуўапкерлер, прокуратура, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, ҳәкимлик, ишки ислер бөлими, салық инспекциясы ўәкиллер ҳәмде кәсиплик аўқам белсендилери қатнасты.

Жыйналыста штаб басшыларынан Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улықбек Жалменов, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси баслығы Равшан Бедиловлер сөзге шығып, орынларда өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде анықланған кемшиликлер ҳәм жол қойылып атырған қәтеликлерге тоқтап өти. Атап айтқанда Нөкис районында усы дәптер бойынша әмелге асырылған жумыслардың қанаатландырарлы емеслиги, сондай-ақ, Нукус қаласында үй-жайларды оңлаў бойынша жумыслар арқада қалып атырғанлығы, Әмиўдәрья, Тақыятас, Қанлыкөл, Төрткөл, Елликқала, Шоманай районларында үй-жай менен тәмийинлеў ҳәм оңлаў, исбилерменлик бойынша кредит мәселелери, бир мәртелик материаллық жәрдем мәселелериниң орынланыўында кешиктирилип атырғанлығы сынға алынды. Кегейли, Хожели, Мойнақ, Тахтакөпир сыяқлы көплеген районлар “Ҳаяллар дәптери” бойынша әмелге асырылып атырған жумыслаар анализ етилгенинде усы районлардағы жумыслар басқаларына қарағанда бир қатар жақсы екенлиги айтылды. Кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкерлерге әмелге асырылыўы кешиктирип болмайтуғын анық ўазыйпалар белгилеп берилди.