11-ноябр – “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” ҳәр жылы кеңнен белгиленип келинбекте. Байрам илажлары барлық буўындағы кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жуўапкершилигинде кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелер көлеминде өткерилиўи жолға қойылған.
Байрам мүнәсибети менен мийнет жәмәәтлеринде хызметкерлер менен ушырасыўлар ҳәм ашық сөйлесиўлер өткерилип, бул илажларда кәсиплик аўқамларына ағзалық абзаллықларын үгит-нәсиятлаў, Жаңа Өзбекстанның Жаңа кәсиплик аўқамлары тәрепинен алып барылып атырған кең көлемли реформаларды халыққа жеткериў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлери тәрепинен мийнет жәмәәтлеринде байрам иләжларын көтериңки руўҳта өткериў ушын ҳәм қыйлы мазмундағы иләжлар бағдарламасы ислеп шығылып, усы тийкарында белгиленген тәртипте Ис бериўшилер менен биргеликте иләжлар өткерилмекте. Билимлендириў мәкемелеринде “Жаңа Өзбекстан -Жаңа кәсиплик аўқамлары” ураны жазылған баннер ҳәм постерлер қыстырылган.
Усындай иләжлардың бири, усы жылдың 4-ноябрь күни бири Нөкис қалалық 4-санлы улыўма орта билим бериў мектеби басланғыш кәсиплик аўқамы комитети басламасы мектеп муғаллимлери ортасында “Заковат” интеллектуал ойыны өткизилди. Өткизилген интеллектуал ойынға мектептеги пәң методикалық бирлеспелери ағзаларынан дүзилген командалар қатнасты. Ойын шәртлерине көре, қатнасыўшы топарларға логикалық сораўлар, кәсиплик аўқамлары тараўына тийисли сораўлар берилип, ойын жуўмағында ең ойшыл, ең шаққан деген топарлар анықланды.
Жеңимпаз болған ойын қатнасыўшыларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар берилди.
Сондай-ақ, усы күнниң өзинде алдын ала белгилеп алынған режеге тийкар Нөкис қалалық 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң мәжилислер залында мийнет жәмәәти ушын “Жаңа Өзбекстан -Жаңа кәсиплик аўқамлары” атамасында руўхыйлық сааты өткерилди. Иләж барысында кәсиплик аўқамларының хызметкерлердиң турмысында тутқан орны, алып барып атырған жумыслары, ерискен жетискенликлери ҳаққында түсиниклер берилип, өз гезегинде қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, баҳалы жуўаплар алыўға еристи.
Бундай иләжлар белгиленген тәртипте, реже тийкарында басқада билимлендириў макемелеринде даўам еттириледи.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: