Меҳир ҳәм итибар – ҳәр бир бала ушын

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы мүнәсибети менен «Меҳир ҳәм итибар – ҳәр бир бала ушын» сүрени астында Хожели районындағы 17-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм Нөкис қаласындағы 26-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Тадбирде Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмиетлик хызмет хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси баслығының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси жәрдемшиси Гафурова Гулчехра Гуломжоновна ҳәм Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Қутлымуратова Диляфуз Султамуратовналар қатнасып, билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Илаж қатнасыўшылары перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, елимиз раўажланыўына өз улеслерине қосатуғын перзентлер болып жетисиўлерин тилеп оларға аўметлер тиледи.

Байрам мунасебети менен Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар байрам қатнасыўшыларына тапсырылды.