Ҳәр бир пуқараның мүнәсип ҳәм барлық қәўип-қәтерлерден жырақ болған шараятларда мийнет етиўи, өзиниң кәсиплик жумысын қәтержам ҳәм жоқары өнимдарлық пенен әмелге асырыўы тек ғана оның жеке ҳәм шаңарақлық абаданлығы емес, ал пүткил мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўи ҳәм социаллық раўажланыўының тийкарғы гиреўи болып есапланады. Сол себепли де түрли тараўларда мийнет етип атырған жумысшы-хызметкерлердиң мийнет қәўипсизлигин тәмийинлеў, өндирис процесиндеги түрли бахыцыз ҳәдийселер ҳәм кәсиплик кеселликлердиң алдын алыў ең әҳмиетли ўазыйпалардан бирине айланған. Дүня көлеминде ҳәр жылы 28-апрель сәнесиниң «Пүткил жер жүзилик мийнетти қорғаў күни» сыпатында белгилениўи де бийкарға емес, әлбетте. Бул күн дүня бойлап ири корпорациялардан баслап киши кәрханаларға шекемги барлық структуралардың итибарын жумыс орынларында саламат ҳәм қәўипсиз орталықты жаратыўға, мийнет қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң әмел етиўге қаратыў ушын берилген әҳмиетли имканият болып есапланады.
Тақыятас районында да усы әҳмийетли сәнеге бағышланған илаж өткерилди. Илажда Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдураҳманов қатнасты. Районда «Қәўипсиз мийнет тийкарлары» атамасында шөлкемлестирилген оқыў семинарының кирис бөлиминде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Тақыятас районлық кеңесиниң баслығы С.Бекимбетова шығып сөйлеп, бүгинги күнде мийнет нызамшылығы ҳәм қәўипсизлиги бағдарында мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, хызметкерлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда кәсиплик аўқамларының роли ҳаққында ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.
Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң Мәмлекетлик мийнет инспекциясы инспекторы М.Сейдуллаев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси Мийнет техник инспекторы Б.Утепбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң Мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекторы Б.Асқаров, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң юристи, бас қәниге О.Уразбаевлар ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемде қәўипсизлик системасын қандай етип ҳуқықый ҳәм техникалық жақтан дурыс, ең тийкарғысы, нәтийжели жолға қойыў, жумыс орынларындағы итималлы қәўип-қәтерлерди алдыннан баҳалаў ҳәм оларды жедел сапластырыўдың заманагөй усыллары ҳаққында жыйналғанларға зәрүр мағлыўматларды усынды.
Семинардың жуўмақлаўшы бөлими өз-ара еркин сөйлесиў, қызғын пикир алысыў ҳәм ашық сораў-жуўаплар руўхында өтти. Мәжилис қатнасыўшылары, соның ишинде, шөлкем басшылары ҳәм мийнетти қорғаў ўәкиллери өзлериниң күнделикли жумысларында, өндирис процесслеринде тиккелей дус келип атырған ҳәр қыйлы машқалалы жағдайлар, шешимин күтип атырған қыйын мәселелер және өзлерин қызықтырған барлық ҳуқықый ҳәм техникалық сораўлар менен тараў қәнийгелерине мүрәжат етти. Тараўдың ҳақыйқый билимданлары болған инспектор ҳәм басшылар болса ҳәр бир берилген мүрәжатқа анық ҳәм тийкарланған жуўаплар берди.
Бундай ағартыўшылық илажлар мийнетти қорғаў бағдарындағы билим ҳәм көнликпелерди буннан былай да беккемлеўге, жәмийетте мийнет мәдениятын арттырыўға ҳәм ең тийкарғысы, ҳәр бир жумыс орнында инсан өмири ҳәм денсаўлығын исенимли сақлаўдай ийгиликли ҳәм уллы мақсетке хызмет ететуғыны сөзсиз.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: