12-май – “Халық аралық мийирбийкелер күни“ байрамы мунәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кенеси, Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими менен биргеликтеги байрам илажы өткерилди.
Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Г.Абдисаметова, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы Л.Байбосынова, Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы Р.Мишеновалар қатнасты.
Илаж барысында орта буўын медицина хызметкерлери арасында өткерилген «Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери» ҳәм тараў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған мийирбийкелердиң 7-10 жас аралығындағы перзентлериниң қатнасыўында өткерилген «Мениң анам мийирбийке» сүўрет салыў таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары ҳәм Кеңес тәрепинен таярланған баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Соның менен қатар бир қатар орта буўын медицина хызметкерлерине “Ўатан пидайысы” ҳәм “Әдиўли устаз” көкирек нышанлары, сондай-ақ «Патронаж акушерка – ҳаял-саламатлығы таянышы» көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларына Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлиминиң биргеликтеги диплом ҳәм саўғалары тапсырылды.
Байрам илажлары көркем өнер тараўы хызметкерлериниң кеўилли концерт бағдарламасы менен даўам еттирилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: