Байрам алды илажлары

Быйыл 2025 жылда Өзбекстан кəсиплик аўқамлары ҳəрекетине 120 жыл толады. Сол мүнәсибет пенен район(қала) ҳəм шөлкемлерде байрам шеңбериндеги илажлар, соның менен бирге, тараўда көп жыллардан бери ислеп атырған белсендилер менен ушырасыўлар өткерилмекте.

Өзбекстан бетеранларының жәмийетлик хызметин қоллап-қуўатлаўшы “нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими нураныйлар қатнасыўында, соның менен бирге, Шимбой районы 22-санлы мектепте Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Шимбой районы бөлимшеси қурамындағы билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған кәсиплик аўқам ағзалары қатнасыўында өткерилген илажлар да əйне сол темаға бағышланди.

Илажда Өзбекстан мəмлекетлик мəкемелери ҳəм жəмийетлик хизмет көрсетиў хызметкерлери кəсиплик аўқамы Қарақалпақстан кеңеси баслығы, Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федератсиясининг Қарақалпақстан Кеңесинен аймақларға бириктирилген ўәкиллер, басланғыш кəсиплик аўқам шөлкеми ағзалары, белсендилер ҳəм нураныйлар қатнасты.

Сөзге шыққанлар системада əмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, хызметкерлердиң социал-економикалық, олардың ҳуқықый мəплерин қорғаў бойынша алып барылған жумыслары ҳаққында сөз жүритилип, кəсиплик аўқамларының искерлигине мүнəсип баха берилди.

Көтериңки тəрзде өткен илаж жуўмағында қатнасыўшылар өз сораўларына басшылар тəрепинен толық жуўаплар алды.