Қанлыкөл районында көшпели қабыллаў өткерилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң 2022-жыл 8-апрель кунги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәәтлери менен ислесиў ҳәм кәсиплик аўқамларының көшпели қабыллаўын өткериў ҳаққында»ғы 7-7 санлы қарары тийкарында 2022-жыл 22-апрель күни Қанлыкөл районы 21-санлы мектеп имәратында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Райондағы ҳәр бир тараўдағы мийнет жәмәәтлеринде мийнет етип атырған мийнеткешлердиң кәсиплик мәплерине байланыслы болған, олардың мийнетке байланыслы, басқа да социаллық-экономикалық ҳуқық ҳәм мәплерин сәўлелендириў ҳәмде қорғаў, бар болған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм бул бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин асырыў мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаўда мийнеткешлердиң бүгинги күндеги машқала ҳәм сораўларына Кеңес аппараты жуўаплы хызметкерлери тәрепинен ҳуқықый түсиниклер берилди.