«Жаслар айлығы»нда спорт жарыслары

Усы жылдың 27-июнь күни Нөкис қаласы 32-санлы орта мектеп спорт залында жас мийнеткешлер арасында спорт жарыслары өткерилди.

“30-июнь – Жаслар күни” сәне мүнәсибети менен «Жаслар айлығы» шеңберинде Өзбекистан кәсиплик ауқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси ҳәмде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Нөкис қаласы кеңеси бөлимшеси менен биргеликте мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде ислеўши жас мийнеткешлер арасында спорттың шахмат, шашка ҳәм стол тенниси түрлери бойынша жарыслар өткерилди.

150 ден аслам жаслар қатнасқан жарыста жеңимпазлар анықланып диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.