«Ақ Кеме» балалар дем алыў ҳәм саўаландырыў орайында балалардың қысқы дем алысы шɵлкемлестирилди

2021-жыл 2-9-январь күнлери аралығында Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шɵлкемлери бирлеспеси Кеңеси Мойнақтағы «Ақ Кеме» балалар дем алыў ҳәм саўаландырыў орайында 7-14 жастағы 103 бала ушын қысқы дем алысы шɵлкемлестирилди.
Орай 250 баланы қабыллаўға мɵлшерленген. ϴткен жыл жаз мәўсиминде 515 бала дем алды. Орайда балалар ушын жатақханалары барлық заманагɵй инвентарлар менен тәмийинленген. Дене тәрбия шынығыўлары ушын футбол, баскетбол, волейбол майданшалары ҳәм балалар жүзиў бассейни бар. Стол тенниси, шахмат-шашка ойынлары ушын арнаўлы орынлар ажыратылған. Мәдений илажлар шɵлкемлестириў ушын амфитеатр, китапханалар бар.
Медицина ханалары, асханалары заманагɵй әсбап үскенелер менен тәмийинленген. Ҳәр бир күнниң мазмунлы ɵтиў ушын барлық шараятлар жаратылған болып түрли музыкалы илажлар, спорт жарыслары, түрли таңлаўлар балаларға жүдә мазмунлы болып ɵтип атыр.
ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен қурылған усы орайда саўаландырыў илажларының бир гезеги жазғы мәўсим ушын 12 күнге мɵлшерленген, ал қысқы мәўсим ушын болса 8 күн етип белгиленген.