2022 жыл 25-март күни «Тақыятас ИЭС» АЖ де жәмәәтлик шәртнаманың 2021-жылдың орынланыўына бағышланған мийнет жәмәәтиниң конференциясы болып өтти.
Конферецияда Өзбекстан энергетика, нефт-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң баслығы орынбасары С.Тухтаев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары М.Данияров, «Тақыятас ИЭС» АЖ директоры Ф.Халилаев, «Тақыятас ИЭС» қаржы бөлими баслығы Р.Джуманиязов, «Тақыятас ИЭС» кәсиплик аўқамы комитети баслығы Н.Абдуллаевлар қатнасты.
Мийнет жәмәәтиниң конферецияны «Тақыятас ИЭС» АЖ директоры Ф.Халилаев ҳәм кәсиплик аўқамы комитети баслығы Н.Абдуллаевлардың «Жәмәәтлик шәртнама»ның 2021-жылда орынланыўы бойынша есабаты тыңланды.
Есабатларда жәмәәтлик шәртнамалар арқалы акционерлик жәмийетте жумысшы хызметкерлердиң дәраматларын асырылыўына, олар ушын мүнәсип мийнет жаратыў, дем алыў шараятларын жақсылаў, социаллық-экономикалық, ҳуқуқый мәселелерде, мийнет саласына байланыслы норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлерин жетилистириўде жумыс бериўши менен биргеликте күшейтириўге айрықша итибар қаратыў. Хызметкерлердиң мийнеттиң қорғаў, яғный ислеп шығарыў цехларында олар ушын кийиниў ханасы, жуўыныў ҳәм аўқатланыў бөлмелери, жеке кийим-бас қорғаныў қураллары менен тәмийинлеў, аўыр ҳәм зыянлы мийнет шәраятларында жумыс ислеп атырған жумысшы хызметкерлерге сүт ҳәм жуўыныў қураллары менен тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылғанын ҳәм унамлы жумыслар әмелге асырылғанын айтып өтти.
Мийнет жәмәәтиниң конферециясына қатнасқан Өзбекстан энергетика, нефт-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң баслығы орынбасары С.Тухтаев сөзге шығып, Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясының үстин туратуғын бағдарлар ҳәм олар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мийнеткешлерге толық мағлыўматлар берип өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: