«Кәсибим-мақтанышым» атамасындағы кеше өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-марттағы ПҚ-167-санлы ҳәм 2023-жыл 11-марттағы ПҚ-92-санлы қарарлары орынланыўын тәмийинлеў, Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң Бас ассамблеясы тәрепинен “1-октябр – Халықаралық кекселер күни” деп жәрияланғанлығы мүнәсибети менен ҳәмде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрдеги 816-санлы қарарына муўапық ҳәр жылы октябр айының биринши ҳәптеси “Кекселер ҳәптелиги” сыпатында кең түрде нышынланыўы белгиленген.

Бул ҳәптеликте белсене қатнасыў ҳәмде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерация Кеңеси Президиумының 2019-жыл 4-октябрьдеги «Кексе әўлад ўәкиллериниӊ жәмийеттеги орны ҳәм социаллық искерлигин асырыўда кәсип аўқамларыныӊ қатнасы ҳаққында»ғы 16-14 «с»-санлы қарары тийкарында кәсиплик аўқамлары тәрепинен усы жылдыӊ 2-8-октябр күнлери «Кекселерге ҳүрмет-жасларға өрнек»деген идея астында «Кекселер ҳәптелиги» нде қатнасын тәмийинлеў ис-режелери ислеп шығылған.

Жоқарыдағылардан келип шығып усы жылдыӊ 8-декабрь күни Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеӊеси басламасы менен қаламыздағы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде билимлендириў тараўында узақ жыллар жемисли мийнет етип, бүгинги күнде ҳүрметли дем алыста отырған мийнет нураныйлары қатнасында «Кәсибим-мақтанышым» атамасында иләж шөлкемлестирилди.

Өткерилген иләжға, мийнет нураныйлары Өзбекстан Республикасына Мийнет сиӊген жаслар устазы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген халық билимлендириў хызметкери мәмлекетлик атақларыныӊ ийеси -Б.Султанов, Карақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген жаслар устазы мәмлекетлик атағы ийеси, Халық билимлендириў пидайысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышанларыы ийеси- А.Еримбетов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышаны ийеси- А.Наримбетов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышаны ийеси -Х.Жаксимова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек нышаны ийеси,  Қарақалпақстанға мийнети сиӊген муғаллим, III-дәрежели «Мийнет нураныйы» көкирек белгиси ийеси -Қ.Қалбаевалар мирәт етилди.

Иләж барысында мийнет нураныйлары өзлериниӊ басып өткен мийнет жоллары, қыйыншылықлары ҳәм жемислери ҳаққында айтып өтип, бүгинги күнимизде ҳүкиметимиз тәрепинен билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша алып барып атырған реформалар, муғаллимлерге жаратылған имкәниятлар, олардан пайдаланып үлкен жетискенликлерге ерисип атырған муғаллимлер, келешегимиз болған жас әўлад тәрбиясындағы  муғаллимлеримиздиӊ алдына қойылған бүгинги күнниӊ ўазыйпаларына кеӊнен тоқталып өтти.

Өз нәўбетинде мектеп муғаллимлери тәрепинен мийманларға өзлерин қызықтырған сораўларын берип, өзлерине өмир сабақларын алыўға мияссар болды. Иләж барысында мектептиӊ ҳәўескерлер дөгереги қатнасыўшылары тәрепинен таярланған саз-сәўбет инәм етилди.

Иләж соӊында Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеӊеси тәрепинен мектеп китапханасына китаплар топламы, сондай-ақ мийманларға естелик саўғалары тапсырылды.

Өткерилген иләж қатнасыўшылардыӊ өмиринде есте қаларлықтай бай мазмунға ийе тәсирлер қалдырып, қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтти.