«ӨМИРДИҢ МАЗМУНЫСЫЗ ӘЗИЗ АНАЛАР!»

Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды жәмийетимиздиң барлық тараўларында өзлериниң қәбилетин көрсетиўине кең мүмкиншилик ашып бериў, оларды кәсип-өнерге, исбилерменликке үйретиў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларғаи жәрдем көрсетиў мақсетинде «Ҳаяллар дәптери»н енгизиў, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған қызлардың шәртнама төлемлерин төлеп бериў, пидайы, талантлы қызлардың мийнетин ылайықлы баҳалаў сыяқлы бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғаны аналарымызға, апа-қарындасларымызға, дилбар қызларымызға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлықтың айқын үлгиси болып табылады.

Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды қәдирлеў ҳәмде шаңарақларды беккемлеў, сондай-ақ жас әўладты миллий қәдириятларымызды ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаўдағы ролин ҳәм социаллық белсендилигин асырыў, соның менен бирге барлық тараўларда нәтийжели мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызларды хошаметлеў, үлгили кәсиплик мақтанышы менен бирге өрнек болған мийнет ветеранларын қәдирлеп-қәстерлеў жумысларында кәсиплик аўқамлары да белсене қатнаспақта.

Жәмәәтлик келисимлери ҳәм шәртнамалары арқалы мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, “Кәсиплик аўқамлары-ҳаял-қызларға” акциясы шеңберинде 4107 ҳаял-қызларға саўғалар тапсырылды.

“Өзбекстан бойлап саяхат ет!” ишки туризмди раўажландырыў дәстүри тийкарында Қарақалпақстандағы дыққатқа ылайық орынларға 1 мың 500 ге жақын, Самарқанд, Бухара, Хиуа қалаларына 1 мыңнан зыят ислеўши ҳаял-қызлардың саяхатлары шөлкемлестирилди.

2023-жыл 5-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тарепинен 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Өмирдиң мазмунысыз әзиз аналар» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Қурбаниязов Дауытбай Қалбаевич, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.А.Жалменовлар ашып, Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳаял-қызларымыздың саламатлығы жолында ҳәм жәмийетте өз орнын белгилеўинде басламалары илгери сүрилгенлиги соның менен бирге мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилген,олар қайсы тараўда болса да өзлериниң мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы арқасында ерлер менен тең қәдем таслап атырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Соның менен бирге ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Ҳаяллар дәптери» жолға қойылып ҳәм бул бағдарда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында 1-басқышта 24 мың 511, 2-басқышта 23 мың 966 ҳәмде 3-басқышта 33 мың 762 ҳаял-қызлардың машқалалары шешилгенлиги, соның менен бирге, жыл басынан ҳаял-қызлардың машқалалары “мәҳәллебай” үйренип шығып 55 мың 021 ҳаял-қызлар «Ҳаяллар дәптери»не киритилип, дизимлери қәлиплестирилгенлиги ҳаққында айтып өтти.

Байрам кешеси даўамында Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип атырған, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидәкерлик көрсетип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға ҳәм нураный аналарымызға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж даўамында концерт бағдарламасы ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады.