Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 23-ноябрьде Өзбекстан Республикасының ЎРҚ-648-санлы «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. Оған бола, 11-ноябрь – «Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленди. Бул жаңалық елимиздеги бес ярым милионнан артық кәсиплик аўқамлары ағзалары тәрепинен жоқары ҳүрмет пенен күтип алынды.
Мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик емес ҳәм коммерцияллық шөлкемлерге, әсиресе, Бас нызамымызда жәмәәтлик бирлеспелери сыпатында атап өтилген кәсиплик аўқамларына болған итибары нәтийжесинде мине еки жылдан берли мәмлекетимизде 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни сыпатында кең белгиленип келинбекте.
11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни”н белгилеў шеңберинде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз” деген идея астында усы жылдың 7-ноябрь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында республика басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасыўында конференция ҳәм мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Р.Сапарбаев илаж қатнасыўшыларын Кәсиплик аўқамлары күни байрамы менен қутлықлады.
Сондай-ақ, илажға Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслықлары ҳәмде министрликлер қатнасты.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бир қатар белсендилер мәмлекетлик сыйлығы менен сыйланды.
Соның менен бирге, “Ҳаяллар дәптери” системасының нәтийжелигин тәмийинлеў ҳәмде ҳаяллардың машқалаларын шешиўде өзиниң пидәкер мийнети менен бәршеге ўлги көрсетип киятығанларды мүнәсип ҳошаметлеў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген “Ең жақсы мәҳәлле басшысы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Палванова Фатима Маратовна – Шымбай районы, “Бердақ” мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы, “Ең жақсы сектор басшысы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Урумбаев Фархат Турсынбаевич – Қанлыкөл районы Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор басшысы, “Ең үлгили ис бериўши ҳаял” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Даулетиярова Паршагул Муратбаевна – Қарақалпақстан Республикасы нәгиранлар жәмийетине қараслы «BERNINA NUKUS» сыңар кәрханасы директоры, “Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы қатнасыўшысы Аметова Жамила Жанибековна – Қоңырат районы, «Қарақалпақстан» қалаша пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшисилериниң ҳәр бири 30 миллион сўм менен сондай-ақ, танлаўлардың Өзбекстан Республикасы басқышының 2-орын жеңимпазы “Ең жақсы жаслар жетекшиси” Мамбетярова Улбосин Мусатдин қызы – Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги Қоңырат районлық бөлиминиң “Мыңжарған” мәҳәлле пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси ҳәмде “Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышынын 1-орын жеңимпазы Нуримбетова Наргиза Давлетбаевна – Беруний районы, «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйынынын ҳаял-қызлар белсендилери ҳәр бири Президент саўғасы автомобил менен сыйлықланды.
Танлаўлардың Өзбекстан Республикасы басқышынын биринши ҳәм екинши орынды ийелеген жеңимпазларымыз ҳақыйқый автомобильди ҳәм автомобиль гилтлерин, 11-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Сарайында “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” мүнәсибети менен болып өтетуғын Байрам салтанатында тапсырылады.
Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен елимиздиң социал-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың турмыс дәрежесин асырыўға, мийнеткешлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға ҳәмде олардың саламатлығын тиклеўге, мәденият ҳәм спортты раўажландырыўға қосып атырған салмақлы үлеси ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысларындағы белсендилиги ушын мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилерине “Ҳүрмет жарлығы” ҳәмде саўғалар, сондай-ақ, Кәсиплик аўқамлары стипендиантлары ҳәм санаторияға бийпул жолламалары берилди.
Илаж көркем-өнер ғайраткери атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: