Кәсиплик аўқамлары ағзалары ушын «Мийнет ҳуқықлары бойынша мәсләҳәт күни» өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 1-апрельдеги ПП-51-санлы «Халық пенен пикирлесиў системасын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық халық пенен ашық ҳәм нәтийжели пикирлесиўди тәмийинлеў, мүрәжатларды көрип шығыў сапасын арттырыў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды тиккелей үйрениў, олардың келип шығыў себеплерин таллаў, системалы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.

Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, кәсиплик аўқамы ағзаларының мийнет ҳуқықларын қорғаў нәтийжелилигин арттырыў, хызметкерлердиң мийнет қатнасықларында ушырасып атырған машқалаларын олардың өзинен тиккелей тыңлаў ҳәм үйрениў, оларға маман ҳуқықый мәсләҳәт бериў және әмелияттағы системалы мийнет машқалаларын анықлаў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы жуўапкер хызметкерлериниң аймақларға шығыўы тийкарында «Мийнет ҳуқықлары бойынша мәсләҳәт күни» илажларын шөлкемлестириў режелестирилди.

Усыған байланыслы Нөкис қаласында усы жылдың 16-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Мәденият үйи»нде «Мийнет ҳуқықлары бойынша мәсләҳәт күни» илажы болып өтти.

Онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.А.Жалменов, Федерацияның юридикалық бөлиминиң баслығы Х.Р.Премкулов, Мийнет инспекциясының физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў секторының баслығы Г.Рзаева ҳәм тармақ Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм районлар кеңеслериниң, басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң баслықлары, кәсиплик аўқамының белсендилери ҳәм ағзалары қатнасты.

Ушырасыўда тармақта мийнет қатнасықларында ушырасып атырған әҳмийетли мәселелер ҳәм кәсиплик аўқамы ағзаларын қыйнап киятырған машқалалар, мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм бийкарлаў, мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер, жумыс ўақты ҳәм дем алыс ўақты, дем алыслар, интизамый жуўапкершилик, мийнетти қорғаў, компенсация ҳәм кепилликлер және басқа да мийнет ҳуқықларына байланыслы мәселелерге итибар қаратылды.

Илажда кәсиплик аўқамлары ағзаларына мийнет қатнасықларында билдирилген машқалалардың себеплери ҳәм оларды сапластырыў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

Сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары ағзалары мийнет қатнасықларына байланыслы өзлерин қызықтырған ҳәм машқалалы сораўларға жуўап алды.