Кооперация усылында исбилерменлик жумысларын жолға қойыў ҳәм ең жайдырыў арқалы ҳалықтың бәнтлиги тәмийинленбекте

2022-жылда Әмиўдәрья районында кооперация усылында исбилерменлик жумысларын жолға қойыў ҳәм ен жайдырыў, оларға ҳаял-қызларды кеңнен камтып алыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ис илажлар қабыл етилди.

Қабыл етилген ис-илажлар тийкарында исбилермен ҳаял Тамара Юсупова басшылық етип атырған “Raximboyeva Salomat” ислеп шығарыў кооперативи тәрепинен райондағы 50 ҳаял-қыз, “Қытай” МПЖда 17 ҳаял-қыз, “Бес аўыл” МПЖда 8 ҳаял-қыз, “Тас-қала” МПЖ 12 ҳаял-қыз ҳәм “Наўайы” МПЖ ларда 13 ҳаял-қыз жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди. 77 млн. 500 мың сўмға 18 дана тигиў машинасы сатып алынып, исбилермен тәрепиненде 50 млн. сўм қаржы ажыратылған.

Жоқарыдағы жумысларды шѳлкемлестириў ушын Әмиўдәрья районлық Бәнтликке кѳмеклесиў мәмлекетлик фонды тәрепинен 132 млн. 300 мың сўм субсидия ажыратылған.

Соныңдай кооперацияны кеңейттириў ҳәмде басқа узақ аўыллардағы ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм тигиўшиликти раўажландырыў мақсетинде “Raximboyeva Salomat” ислеп шығарыў кооперативи Микрокредитбанк АКБ Манғыт филиалы тәрепинен 250 млн.сўм жеңиллетилген кредит ажыратыў режелестирилген.