Усы жылдың 28-апрель күни, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси имәратында 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған «Мийнетти қорғаўдың нәтийжели мәдениятын биргеликте сәўлелендиремиз» атамасы астында кең түрде ҳәм көтериңки тәризде ис-илажлар өткерилди.
Ис-илажлар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң басламасы менен өткерилген болып, бул ис-илажда Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Нөкис қалалық шыпакерлик-социаллық экспертиза, Oʼzagrosugʼurta АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм Кеңеске ағза кәрхана, шөлкем хызметкерлери қатнасты.
Ис-илажлардың ашылыў мәресими, 2022-жыл 28-апрель күни саат 10:00 де басланған болып, ис-илаж қатнасыўшылары мийнетти қорғаў барысында пайдаланылатуғын көргизбели қураллар менен танысып болған соң, Кеңестиң мәжилислер залында 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған дөгерек сәўбетине қатнасты.
Дөгерек сәўбетиниң мақсети, мийнетти қорғаў саласында хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шәраятларын жаратыў, ислеп шығарыў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, мийнетти майып болған яки кәсип кеселлигине шалынған шахслардың кәспий мийнет етиў дәрежесин белгилеў ҳәм мийнетти қорғаўдың нәтийжели мәдениятын сәўлелендириўге үлес қосыў киби мийнетти қорғаў саласында ҳәм турмыслық әҳмийетке болған жағдайлар бойынша сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўларға бай тәризде болып өтти.
Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлиги бойынша жәмәәтлик қадағалаўдың Республика көрик-таңлаўы жеңимпазлары қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған «Мийнетти қорғаўдың нәтийжели мәдениятын биргеликте сәўлелендиремиз» атамасы астында ис-илажлардың ҳәптелиги усы жылдың 22-апрель күни Қанлыкөл районында, 25-апрель күни Тақыятас «ЖЭС» АЖинде, 26-апрель күни «Қарақалпақ Электр тармақлары» АЖинде, 27-апрель күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында, «Қоңырат Сода заводы» ЖШЖинде ҳәм 28-апрель күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде өткерилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: