Жаслар — мәденият ҳәм спорт раўажланыўының тийкарғы күши

Нөкис қаласында мәденият ҳәм спорт саласында мийнет етип атырған ҳәм де тәлим алып атырған жаслар менен ушырасыў өткерилди.

2026-жыл, 8-октябр күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мийнет ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў, кәсиплик потенциалын асырыў ҳәм де басламаларын хошаметлеўге қаратылған ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.А.Жалменов, Қарақалпақстан Кеңес баслығының жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Aлиев ҳәм Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети баслығы Ж.Аяповлар қатнасты.

Илажда жаслар менен ашық ҳәм кеўилден саўбетлер орнатылып, оларды қыйнап атырған мәселелер, усыныс ҳәм басламалары тыңланды. Жас қәнигелердиң өз саласында белсенди болыўы, жаңа идеяларды илгери сүриўлери ҳәм де жәмийетлик жумысларында мүнәсип қатнасыўы зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Соның менен бирге, жаслардың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, олардың социал-экономикалық мәплерин қорғаўда кәсиплик аўқамларының орны жөнинде пикир алмасылды.

Илаж жуўмағында тараўда белсендилик көрсетип келген бирнеше жасларға Миннетдаршылық Дипломлары тапсырылып, оларға келеси искерлигинде жетискенликлер тиленди.