Кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң орынланыўы ислеген жумыслары бойынша есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди

Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының мǝжилислер залында 2024-жыл даўамында Жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң ис бериўши ҳәм кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен орынланыў жуўмақлары ҳәмде 2020-жылдың февраль айыннан 2025-жылдың февраль айына шекемги дәўирдеги кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен ислеген жумыслары бойынша есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди.

Күн тǝртибинде Жәмәәтлик шәртнаманың 2024-жылы орынланыўы,тексериў комиссиясының есабаты ҳаққында, қǝсиплик аўқамы комитети ағзаларын сайлаў, кǝсиплик аўқам комитети баслығын сайлаў, тексериў комиссиясы ағзаларын сайлаў, тексериў комиссиясы баслығын сайлаў ҳәмде жоқары кǝсиплик аўқамы органы конференциясына делегат ҳәм ўәкиллерди сайлаў мәселелери көрип шығылып, додаланды.

Бунда Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры Аяпов Аманжол Тлепович, кәсиплик аўқамы комитети баслығы Бегжанов Бердақ Каримбаевич, Тексериў комиссия баслығы Хожанов Жаббарберген Ембергеновичлер есабат берди.

Бүгинги улыўма жыйналысқа Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының мийнет инспекциясының физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мурәжәәтлары менен ислесиў секторы баслығы Рзаева Гузаля Турғунбаевна, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Султанов Баходир Фазилович, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң шөлкемлестириў бөлими меңгериўшиси Ильмурадова Гулнара Рейпназаровна, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети баслығы Аяпов Жеңисбай Жарылкаганович, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң бөлим баслығы Авезмуратов Парахат Базарбаевич, Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры Аяпов Аманжол Тлеповичлар қатнасты.

Жыйналысқа Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы хызметкерлери кәсиплик аўқамы шөлкеминде 238 кәсиплик аўқам ағзалары есапта турып, соннан 178 ағзалар қатнасып (75 %) 60 ағза себепли жағдайларға байланыслы қатнаса алмай қалды.

Кун тәртибиндеги мәселе бойынша кәсиплик аўқам комитети баслығы етип Бегжанов Бердақ Каримбаевич сайланды.

Жыйналыс күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабатлары оқып еситтирилип, мәселелер додалап алынды. Өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумысларға есабат берилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Жыйналыс шеңберинде усы жылы өтетуғын есабат-сайлаўларды әдиллик пенен өткизиўин тәмийинлеўге байланыслы түсиниклер берип өтти.