Мүнәсип мийнет шәраятлары үйренилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мийнет инспекциясының, мийнет техник-инспекторы Б.Утепбергенов ҳәм мийнет ҳуқық-инспекторы П.Турсиновлар, усы жылдың I-шерегинде Өзбекстан темиржолшылары ҳәм транспорт қурыўшылары кәсиплик аўқамына ағза «Қоңырат аймақлық темир жоллар узели» (Қоңырат АТУ) УКда ислеўши хызметкерлерге мүнәсип мийнет шәраятларын жаратыў ҳәмде мийнет мүнәсибетлерине тийкар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге әмел етиў тараўындағы жумысларының жағдайын үйрениў бойынша мониторинги өткерилди.

Үйрениўлер жумыс орынларында мийнетти қорғаў бойынша бүгинги күндеги машқалалар, усыныслар тийкарында жумысшы ҳәм хызметши хызметкерлер менен ушырасыўлар, сәўбетлер алып барылды.

«Қоңырат аймақлық темир жоллар узели» (Қоңырат АТУ) УКға қараслы “Қоңырат локоматив депоси (ТЧ-7), “Қоңырат темир жол аралығы (ПЧ-25), “Қоңырат электр аралығы (ЭЧ-10), “Қоңырат байланыс ҳәм сигналластырыў аралығы (ШЧ-11), “Қоңырат вогон депоси (ВЧД-14) ҳәм “Жол хожалығы басқармасына қараслы “Қоңырат 279-санлы Жол машина станцияси” ҳәмде “Қоңырат Әскерийлестирилген қорғаныў отрядын да ислеўши хызметкерлерге ўазыйпаларын орынлаў ўақтында мийнетти қорғаў қағыйда ҳәм нормалар талапларына әмел етилиўи, жүк көтериў кран үскенелерин өз ўақтында қадағалаў көригинен өткерилип барылыўы, насаз көриктен өтпеген қурылмалардан пайдаланмаслық, хызметкерлер жумыс ўақтында белгиленген арнаўлы кийим, аяқ кийим ҳәм басқа жеке қорғаныў қурылмалары менен ислеўлери, кәрханада нәўбетши хызметкерлер, қараўыллар ушын бәрше шәрт-шәраятлар жаратылыўы, Қоңырат АТУ УКне (объект)лерде биринши, екинши ҳәм үшинши басқышлы қадағалаў жумысларын алып барыў, биринши медициналық жәрдем көрсетиў аптечкаларын шөлкемлестириў, аптечкада белгиленген бәрше түрдеги дәри-дәрманлар менен тәмийинлениўи, айрықша жағдайда хызметкерлердиң ҳәрекетлениў схемасы каридорының көринерли орнына қойылыўы, орынларда мийнетти қорғаў үстинен басшылық қадағлаўын күшейттириў лазымлығы ҳәм усыған байланыслы басқа нормалар талаплары бойынша хызметкерлерге усыныс ҳәм түсиниклер берилди.

Өткерилген жәмәәтшилик қадағалаў жуўмақлары бойынша жумыс бериўшилерге орынланыўы шәрт болған көрсетпелер берилди.

Көрсетпеде белгиленген иләжларды орынланыўы инспекция тәрепинен қадағалаўға алынды.