Әжинияз Тәжибаев – 80 жаста

Усы жылдың 6-сентябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әжинияз Тәжибаевтың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен ушырасыў кешеси өткерилди.

ϴзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.А.Жалменов кирис сөз бенен ашып Әжинияз Тәжибаевтың өмири ҳәм мийнет жолы менен қысқаша таныстырды.

Соң ақсақалдың жолдаслары, заманласлары ҳәм шәкиртлери Ә.Тажибаевтың мийнет жолы, ел-халық ийгилиги жолында ислеген хызметлери, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Баспа сөз комитети баслығы лаўазымларында болып ислеген жылларындағы жумыслары туўралы өзлериниң жақсы пикирлерин билдирди.

Ушырасыў соңында Ә.Тажибаевтың өзи сөзге шығып, өмири менен мийнет жолын айтып берди ҳәм ушырасыў шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.