Жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды

2026-жыл 6-май күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде билим бериў мәкемелери оқытыўшылары арасында “Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» 67-мақсетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, билим бериў шөлкемлери хызметкерлерин спорт илажларына кең қамтыў, олар арасында жарыслар шөлкемлестириў, хызметкерлердиң физикалық белсендилик дәрежесин асырыў, оқытыўшылардың бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәмде Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен тастыйықланған қоспа қарарға тийкар “Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында Кәсиплик аўқам кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Спорт жарыслары Нөкис қаласы 1- ҳәм 2-санлы спорт мектеби, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик техника университети ҳәмде Жаслар орайында шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри орынбасары Қ.Исмайлов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармалары ўәкиллери ҳәмде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов тийисли министрликлер ўәкиллери қатнасты. Жарыста өткен басқышларда жеңимпаз болған 17 командаларда 544 оқытыўшы устазларымыз спорттың ғалабалық түрлери мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси ҳәмде волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасты. Бул жарыслардың өткен басқышларында 19 мың 366 ден артық билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери қатнасты.

Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен ҳәр бир спорт түринен жеңимпазлар ҳәм улыўма командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықлады.

Улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп жеңимпаз болған Кегейли районлық командасына “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” ҳәмде 30 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.

Сондай-ақ, жеңимпаз болған командаларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.