2025-жыл 18-апрель күни Нөкис қаласы Жаслар орайында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәмде Өзбекстан шахмат Федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен тастыйықланған қоспа қарарға тийкар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллық байрамына бағышлап спорттың шахмат түри бойынша “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары А.Қалбаев, Өзбекстан шахмат Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры З.Абипов ҳәмде тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери ҳәмде тийисли шөлкемлер ўәкиллери қатнасты.
Жарыс Халық аралық шахмат Федератциясының əмелдеги қағыйдалары тийкарында, рапид бағдарында əйеллер ҳəм ер адамлар арасында өткерилди. Ҳəр бир жарыс 7 этап та швейцария системасында болып өтти. Қатнасыўшыларға ойын ақырына шекем 10 минут ўақыт берилди, биринши жүриўден баслап ҳəр жүриўге 2 секунддан ўақыт қосып барылды.
Жарыстың шешиўши, жуўмақлаўшы басқышында қала ҳəм район басқышларында 52 жеңимпаз ийелери Республика басқышына жолланба ушын өз-ара күш сынасты. Ҳəр бир жүриў, ҳəр бир қарар шахматтың ақыл ҳəм шыдамлылық майданы екенлигин тағы бир мәртебе көрсетди.
Күн даўамында қызғын өткен спорт жарысында тәжирийбели төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықлады.
Бунда:
Ҳаял-қызлар арасында 3-орынды Шымбай районы қәнигелестирилген мектеби оқытыўшысы Бекмуратова Гулсауир Джалгасбаевна, 2-орынды Төрткүл районы 17-санлы улыўма орта билим мектеби оқытыўшысы Досчанова Садокат Алламбергеновна, 1-орынды Тақыятас районы спорт мектеби тренери Тораева Айна Оразмухаммедовна, Ерлер арасында болса 3-орынды Нөкис қаласы 42-санлы улыўма орта билим мектеби оқытыўшысы Дилимбетов Саламат Кдырбаевич, 2-орынды «Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ Бозатаў филиалы баслығы Балтабаев Мурат Жумабаевич, 1-орынды Тақыятас районы 3-санлы улыўма орта билим мектеби оқытыўшысы Кайпанов Рустем Пердебай уғли жеңимпаз деп табылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен түрли номинациялар бойынша ҳәмде жеңимпазларға диплом ҳəм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды. Биринши ҳәм екинши орынды алған жеңимпазлар 28-30 апрель күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” жарысында қатнасады.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: