20-февраль күни У.Халмуратов атындағы Республика көп тармақлы медицина орайында 2022-2024-жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамасының 2023-жылда орынланыўы ҳәм 2024-жыл ушын қосымшалар киритиў бойынша мийнет жәмәәтиниң конференциясы болып өтти. Конференцияда Орайдың бас шыпакери Э.Р.Абдуллаев ҳәм кәсиплик аўқам комитети баслығы Б.Абдижамиловалардың есабатлары, социаллық мийнет комиссиясының дәлалатнамасы тыңланды. Конференцияда Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы Л.Байбосынова қатнасты.
Сондай-ақ, Республика фтизиатрия емлеўханасында 2022-2024-жыллар ушын қабыл етилген жәмәатлик шәртнамасының 2023-жылда орынланыўы ҳәм 2024-жыл ушын қосымшалар киритиў бойынша мийнет жәмәәтиниң жыйналысы болып өтти. Жыйналыста емлеўхананың бас шыпакери З.Н.Тигай ҳәм кәсиплик аўқам комитети баслығы Б.Кошкинбаевалардың есабатлары, социаллық мийнет комиссиясының дәлалатнамасы тыңланды. Жыйналыста Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси есапшысы Е.Қурбанов қатнасты.
Сол күни Республика қанигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий әмелий орайы Қарақалпақстан филиалында 2023-2025-жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамасының 2023-жылда орынланыўы ҳәм 2024-жыл ушын қосымшалар киритиў бойынша мийнет жәмәәтиниң конференциясы болып өтти. Конференцияда филиалдың директоры Г.Аширбекова ҳәм кәсиплик аўқам комитети баслығы К.Мадияровалардың есабатлары, социаллық мийнет комиссиясының дәлалатнамасы тыңланды. Конференцияда Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет техник инспекторы П.Абдиязов қатнасты.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: