Өзбекстан фермерлери Кеңеси, Өзбекстан агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси ҳәм «Аграр тараў ҳаял-қызлары» ассоциациясы менен биргеликтеги қарары тийкарында «Ибратлы ҳаял фермер» таңлаўы шөлкемлестирилди.
Таңлаўдың тийкарғы мақсети аўыл хожалығы тараўында нәтийжели мийнет етип атырған, өз жумысы менен басқаларға өрнек болып атырған фермер ҳаял-қызларды анықлаў, олардың мийнетин мүнәсип хошаметлеў, алдынғы тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыўдан ибарат. Сондай-ақ, таңлаў ҳаял-қызлардың аграр тараўдағы билим ҳәм көнликпелерин және де арттырыў, оларды заманагөй қатнас ҳәм жаңа басламалар тийкарында ислеўге ийтермелеўде айрықша әҳмиетке ийе.
Районларымызда да «Ибратлы ҳаял фермер» таңлаўы көтериңки руўхта өткерилди. Онда аўыл хожалығы тараўында жумыс алып барып атырған фермер ҳаял-қызлар қатнасып, өз хожалықларында әмелге асырып атырған жумыслары, ерискен нәтийжелери, мийнет тәжирийбелери ҳәм келешектеги режелери ҳаққында айтып берди.
Таңлаў даўамында қатнасыўшылар тек ғана өзлериниң әмелий жумыслары менен емес, ал фермерлик жумысында арттырған тәжирийбелери менен де ортақласты. Бул болса олар арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў, жаңа идея ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлаў ушын өзине тән пикирлесиў майданын жаратты.
Район басқышларында жеңимпаз болған қатнасыўшылар усы жылдың 25-сентябрь күни «Ибратлы ҳаял фермер» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында мүнәсип қатнасып, өзлериниң фермерлик тараўындағы бай тәжирийбеси, мийнет жолы, ерискен жетискенликлери ҳәм алдыңғы басламаларын көрсетти. Таңлаў жуўмағы бойынша:
1-орын – Салиева Палзада Жиенбаевна Кегейли районы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы
2-орын – Досымбетова Қызларгүл Калимбетовна Әмиўдәря районы «Досымбетова Қ» фермер хожалығы баслығы
3-орын – Аширова Тажигул Алланазаровна Елликқала районы «Амиробод мардони» фермер хожалығы басшылары Қарақалпақстан Республикасы басқышында жоқары нәтийжелерге еристи.
Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресиминде олардың аўыл хожалығы тараўындағы нәтийжели мийнети, интакерлиги ҳәм белсендилиги айрықша атап өтилди. Таңлаўда мүнәсип орынларды ийелеген фермер ҳаял-қызлар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.А.Жалменов ҳәм Өзбекстан агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўапкер шөлкемлестириўшиси Е.Е.Сейтназаровлар тәрепинен I-II-III-дәрежели дипломларын ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Бул сыйлық фермер ҳаял-қызлардың аграр тараўдағы пидайы мийнети ҳәм ерискен жетискенликлерин мүнәсип хошаметлеўге хызмет етеди.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: