Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 23-ноябрьде Өзбекстан Республикасының ЎРҚ-648-санлы «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. Оған бола, 11-ноябрь – «Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленди. Бул жаңалық елимиздеги бес ярым милионнан артық кәсиплик аўқамлары ағзалары тәрепинен жоқары ҳүрмет пенен күтип алынды.
11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни”н белгилеў шеңберинде ϴзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз” деген идея астында усы жылдың 7-8 ноябрь күнлери Мойнақ районында жайласқан «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында районлық, бирлескен ҳәм басланғыш шөлкеми баслықлары ушын гезектеги Атқарыў комитет мәжлиси, спорт жарыслары, Мойнақ районына саяхатлар шөлкемлестирилип барлық қатнасыўшыларға байрам саўғалары тапсырылып кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.
7-Ноябрь күни Жасыл мәкан улыўма ахалықлық акциясы шеңберинде қатнасыўшылар «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўаландырыў орайына 148 мийўели ҳәм 210 декоратив наллер егилди.
Илажда ϴзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Р.Мадеймов илаж қатнасыўшыларын Кәсиплик ауқамлары күни байрамы менен қутлықлады.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: