«12-май- Халық аралық мийирбийкелер күни»не бағышланған байрам илажлары өткерилди

Усы жылдың 5-май күни Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медицина реабилитация орайында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Ҳамширалар Ассоциациясының Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте «12-май Халық аралық мийирбийкелер күни»не бағышланған байрам илажы өткерилди.

Байрам илажында тараўда жемисли мийнет ислеп атырған, өз кәсибиниң пидайылары болған 5 орта буўын медицина хызметкерине Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлығы ҳәм де баҳалы саўғалары тапсырылды..

Сондай-ақ, байрам илажында “12-май – “Халық аралық мийирбийкелер күни” байрамы мүнәсибети менен орта медицина хызметкерлери арасында өткерилген “Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери” көрик-таңлаўының Республика басқышының  номинациялар бойынша 1-орын женимпазлары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги диплом ҳәм баҳалы саўғалары менен, соның менен қатар Республика басқышының  номинациялар бойынша 2-3-орын жеңимпазлары Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.