Пахта жыйын-териминде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша семинар өткерилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң 2023-жыл 04-сентябрь күнги «2023-жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде теримшилер ушын қолайлы шәрт-шәраятлар жаратып бериў, мәўсим даўамында балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша кәсиплик аўқамларының жәмәәтшилик қадағалаўын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 13-23 «с» санлы қарарының ис-илажлар жобасына муўапық 2023-жыл 13-сентябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң мәжилислер залында Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы қала ҳәм районлық кеңеслери баслықлары, кәсиплик аўқам белсендилери, сондай-ақ Өзбекстан саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, коммерциялық ҳәм комерциялық емес шөлкемлери ўәкиллери қатнасыўында «Пахта ҳасылын жыйнап-терип алыўда теримшилердиң социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый мәплерин қорғаў ҳәмде оларға мүнәсип мийнет шәраятларын жаратыў, мәўсим даўамында балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша кәсиплик аўқамларының тийкарғы ўазыйпалары темасында семинар өткерилди.

Семинарда Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Сейтназаров, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң мийнет-техник инспекторы Б.Утепбергенов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң мийнеткешлердиң социал-экономикалық мәплерин қорғаў бөлим меңгериўшиси П.Торемуратовлар қатнасып, 2023-жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде теримшилер ушын қолайлы шәрт-шәраятлар жаратылыўы, сондай-ақ мәўсим даўамында балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша кәсиплик аўқамларының жәмәәтшилик қадағалаўын алып барылыўын шөлкемлестириў бойынша түсиник жумыслары алып барылды ҳәмде алдағы ўақытта әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар бойынша ўазыйпалар белгиленип, тийисли тапсырмалар берилди.